Telegram karinform

Мақала

  • 28.04.2022 00:20
  • 3674

Қарақалпақстанда соңғы 30 жылда туўылған нәрестелерге қойылған атлар тарийхы бойынша статистикалық анализ


Жаңа туўылған нәрестеге қойылып атырған атлар ҳаққында статистикалық мағлыўматлар тарийхый ҳәм мәдений ҳәдийселердиң жәмийетке тәсирин анықлаўға имканият береди. Мусылманлар қәдирлейтуғын «Қуран» китабында да балаға жақсы ат бериў ата-ананың парызы екенлиги көрсетип өтилген. Сонлықтан да, балаға ат таңлағанда оның келешегине үмит пенен жақсы атлар таңланады.
Барлық мәмлекет ҳәм миллетлерде нәрестениң келешеги уллы, жақсы болыўы ушын ел басшыларының, сиясий ғайраткерлердиң, белгили инсанлардың атларына еликлеп, исм бериў дәстүри бар. Сол қатары қарақалпақларда да ел басшысы ҳәм танымалы адамлар киби өзлеринен жақсы ат қалдырыўын тилеп, балаға исм бериледи. Биз, Қарақалпақстанда ғәрезсизлик жылларынан берли, яғный 1991-жылдан 2020-жылға шекемги туўылған балаларға қойылған атлар қай дәрежеде өзгергенлиги менен қызықсынып, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасына мүрәжат еттик ҳәм cоңғы 30 жыл даўамында туўылған 1 206 953 балаға берилген атлар ҳаққында мағлыўматларды алдық. Биз бул мағлыўматларды қайта ислеп, өткен жыллар даўамында ер балалар ҳәм қыз балаларға ең көп ҳәм ең аз қойылған атларды үйренип, анализледик.
1991-жылы туўылған 52 503 нәрестениң 432 сине Ислам ҳәм 578 ине яғный, сол жылы туўылған балалардың 1,1% не Азамат исми берилген. Бул сол ўақыттағы Өзбекстан Республикасының Президенти Ислам Кәримовтың атына ҳәўес етип қойылған. Азамат аты болса, әзелден қарақалпақларда жийи ушырасатуғын исмлердиң бири болып, «Миллионыншы Азамат» дегенди көпшилигимиз балалық ўақытларымыздан берли еситип жүрмиз. Статистикалық есап бойынша, 1982-жылы туўылған Қарақалпақстанның бир миллионыншы перзентине де Азамат исми берилген. Бул исмлер 1991-жылдан 1995-жылларға шекем ер балаларға қойылған исмлердиң ТОП-10лығында болғанлығын көриўимизге болады. Оларға қосымша Азизбек ҳәм Султан исмлери де усы жыллары ең көп таңланған атлардың қатарында. 1996-1998-жыллары болса, Тимур исми ата-аналар тәрепинен көп таңланған. Буны 1996-жылдың «Амир Темур жылы» деп жәрияланғанлығы сондай-ақ, усы дәўирдеги мәмлекетлик басқарыў уйымларында түрли лаўазымларда ислеген Тимур Камаловтың аты менен байланыстырыўымыз мүмкин.
   1999-жылы Асадбек исми ең көп қойылған атлардың қатарына қосылған болса, 2000-жылдың өзинде 659, 2001-жылы 539 балаға мине, усы ат қойылғанлығын көриўимизге болады. Асадбек исми 2000-жыллары эфирден берилген «Шайтанат» сериалының бас қаҳарманына еликлеп қойылған.
   2001-жылы Атабек, 2002-жылы Диёрбек, 2003-жылы Нурсултан ең көп таңланған исмлердиң қатарына келип қосылған. Диёрбек 2003-2005-жыллары ер балаларға ең көп қойылған исм есапланады. 2006-2010-жыллары Азизбек, 2010-2012-жыллары Бунёдбек ҳәм Жасурбек, 2013-жылдан 2018-жылға шекем және Азизбек жаңа туўылған нәрестелерге қойылған исмлер бағанасында ең жоқарғы текшени ийелегенин көриўимизге болады. Азизбек исми ҳәр түрли: Азизбек, Азизмурат, Азизгелди формаларында қойылған. Буларға қосымша 2018-жылы Бунёдбек ҳәм Аллаяр көп қойылған исмлер қатарында болған. 2019-жылы Мустафо, 2020-жылы Муҳаммед исмлери биринши орынға көтерилди.
   2017-жылы Шавкат, 2018-жылы Шоҳжаҳон, 2019-жылы Амирхан, 2020-жылы Имронбек ҳәм Алихан ең көп қойылған атлардың ТОП-10 лығына кирген. Статистикалық изертлеўлеримиз нәтийжесинде 2020-жылы туўылған 1000ға жақын балаға қойылған Муҳаммед исми Қарақалпақстан тарийхында ең көп қойылған исм екенлигин анықладық, яғный сол жылы туўылған нәрестелердиң 2% тине усы ат қойылған.
   Төменде 1991-жылдан 2020-жыллар аралығында нәрестелерге қойылған исмлердиң статистикалық дизими менен танысыўыңызға болады.

 

 

 

Наргизадан Мадинаға шекем: бул жыллар аралығында қыз балаларға қойылған исмлер қай дәрежеде өзгерген?

Бул бойынша мағлыўмат пенен төмендеги инфографикада танысыўыңыз мүмкин.

 

 

 

 

 

ОРАЗ ЯМАСА РАМАЗАН: ОРАЗА АЙЫНДА ТУЎЫЛҒАН БАЛАЛАРҒА ҚОЙЫЛАТУҒЫН АТЛАР БОЙЫНША МАҒЛЫЎМАТ

Ораза айларында туўылған нәрестеге Ораз, Оразбай, Рамазан, Рамазанбек, Оразмурат, Оразымбет, Оразалы, қыз балаларға Оразгүл, Оразбийке киби исмлерди қойыў басқа айларға салыстырғанда көбирек ушырасады. Ораза айында туўылған балаларға қойылатуғын исмлер бойынша статистикалық мағлыўмат төмендеги инфографикада өз сәўлелениўин тапқан.

 

 

 

ШАВКАТ, МИРАМАН, САИДА…

2016-жылдың декабрь айында Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланғаннан соң, Президент ҳәм оның қызларының исмлерин қойыў белгили дәрежеде артты.

 

 

 

Булардан тысқары, басқа елдиң президентлериниң исмлерин қойыў да белгили дәрежеде дәстүрге айланған. Солардың ишинде, Эмомали, Путин, Байден, Баязит атлары Қарақалпақстанда туўылған ер балаларға қойылған. Белгили инсанлар Байрон, Фараби, Конор сыяқлы ҳәм дәстанлардағы, мәселен, Ерзийўар исмин де ушыратыўымыз мүмкин.
Қарақалпақларда ер балаға ат таңлаўда оның айрықша белгилери, шаңарақтағы нешинши перзент екенлиги, ажаға-ажапаларының санлары, қайсы ўақытта ҳәм қай жерде туўылғанлығы да есапқа алынады. Мәселен, 2020-жылдың басында туўылған 1 балаға Жаңабай, және биреўине Тазабай исмлери қойылған. Қызықлы тәрепи сонда, 2020-жылдың 20-21-март күнлери, яғный мусылман халықларының жаңа жылы басланатуғын сәнелерде туўылған ер балаларға да Тазабай исми қойылған. Бул күнлери туўылған балаларға Наўрыз, Наўрызбай, Байрам, Байрамбай атларын қойыў басқа айларға салыстырғанда әдеўир көп ушырасады.
Мағлыўмат ушын, балаларға қойылған исмлер фонетикалық тәрептен түрли вариантларда жазылған. Мәселен Азиз, Азизбек, Әзийзбек, Әзийз, Азийзбек, Азийз ҳәм тағы да басқа. Биз, бул исмлерди бир деп есаплап, улыўмаластырып, Азизбек формасында пайдаландық. Басқа исмлер де усы киби өзгертилди.
Дата-мақалада жәми 1 206 603 мағлыўмат үйренилип, қайта ислеп шығылды.


Таярлаған: Сахибжамал Есемуратова, журналист,
филология илимлери бойынша философия докторы (PhD)

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы