Telegram karinform

Мәденият

  • 14.10.2022 18:00
  • 142009

Фотожурналист Мақсет Ҳабибуллаевтиң Қарақалпақстан аўылларындағы ҳаял-қызлар турмысына арналған фотокөргизбеси ашылды (+фоторепортаж)

 

Бүгин, 14-октябрь күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында Өзбекстан художниклери дөретиўшилик бирлеспесиниң ағзасы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА)ниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша фотохабаршысы, белгили фотожурналист Мақсет Ҳабибуллаевтың «Қәдири бәлент аўыл ҳаялы» атамасындағы жеке фотокөргизбесиниң ашылыў кешеси болып өтти.

 

15-октябрь – Халықаралық аўыл ҳаяллары күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген фотокөргизбеде фотохудожниктиң 50 ден аслам дөретпелери кең жәмийетшилик итибарына усынылды.

 

Өз кәсибиниң ҳақыйқый профессионалы есапланған Мақсет Ҳабибуллаев буннан алдын өз дөретиўшилик үлгилеринен ибарат бир неше фотокөргизебелерин шөлкемлестирген еди.

 

Атап айтқанда, «Алтын гүз» атамасындағы, сондай-ақ, «Гүмис қыс» атамасындағы онлайн форматтағы фотокөргизбелеринде фотохудожниктиң 60 тан аслам дөретиўшилик үлгилери орын алған еди.

 

Биз фотожурналист Мақсет Ҳабибуллаевтиң дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеп, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисе бериўине тилеклеслик билдиремиз.

 

Төменде усы фотокөргизбеден түсирилген фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Фотокөргизбе Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында өз жумысын даўам етпекте. Барлық қәлеўшилерди қарақалпақ аўылларындағы ҳаял-қызлардың турмысына байланыслы әжайып фотосүўретлерди тамашалаўға шақырып қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Автордың түсирген фотолары.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир