Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.01.2023 17:00
  • 939

Қарақалпақстандағы бензин заправкаларындағы нызам бузылыў жағдайлары ҳаққында мағлыўмат берилди

 

Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған автобензинниң сапа ҳәм муғдары бойынша дурыс сатылыўы турақлы қадағалаўға алынған.

 

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, ай басынан орташа күнлик 7137 тоннадан автобензин биржа саўдалары арқалы сатыўға шығарылды. Сондай-ақ, «Өзбекнефтьгаз» АЖға қараслы барлық автомобильлерге жанармай қуйыў шақапшаларында (АЖҚШ) АИ-80 маркалы автобензинниң 1 литри 5700 сумнан сатылмақта.

 

Үйрениўлер барысында Өзбекстан бойынша 109 исбилерменлик субъектине тийисли жеке меншик АЖҚШларда бирнеше нызам бузылыў жағдайларына жол қойылғаны (баҳаны тийкарсыз түрде көтерип сатыў, кемис, сапасыз өним тарқатыў, муғдарынан кем етип қуйыў ҳәм басқа жағдайлар) анықланды.

 

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында усындай 5 жағдай, сондай-ақ, Әндижан ўәлаятында 4, Бухара ўәлаятында 8, Жиззақ ўәлаятында 4, Қашқадәрья ўәлаятында 19, Наманган ўәлаятында 4, Самарқанд ўәлаятында 26, Сурхандәрья ўәлаятында 1, Ташкент ўәлаятында 5, Ташкент қаласында 7, Ферғана ўәлаятында 22 ҳәм Хорезм ўәлаятында 4 нызам бузылыў жағдайы анықланған.

 

Мәлим болыўынша, исбилерменлик субъектлерине анықланған кемшиликлерди сапластырғанға шекем биржа саўдалары арқалы АИ-80 маркалы автобензин сатып алыўға шеклеўлер орнатылған ҳәм қадағалаўға алынған. Жол қойылған нызам бузылыў жағдайларына ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен ҳуқықый баҳа берилмекте.

 

Энергетика министрлиги жеке меншик АЖҚШ жумыслары менен шуғылланатуғын исбилерменлерден баҳаларды жасалма түрде көтерип жибермеўди, автобензинди сапа ҳәм муғдары жағынан дурыс сатыўын сораған.

 

Қосымша етилиўинше, жумысшы топарлар тәрепинен орынларда қадағалаў илажлары даўам еттирилмекте.

 

Ислам Матеков,

Karinform.uz.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

Арқа-батыс әскерий округинде көшпели хызметлер көрсетилди

    Нөкис қаласы әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери тәрепинен Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлерине көшпели тәртипте

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы