Telegram karinform

Сиясат

  • 30.10.2019 12:32
  • 1582

Суўды үнемлеўши технологияларды қоллағанларға субсидиялар усынылады

Суўды үнемлеўши технологияларды қоллағанларға субсидиялар усынылады

2019-жыл 25-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўди хошаметлеў механизмлерин кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң telegram каналы.
Оған муўапық, 2020-жыл 1-январдан:
  • суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин, сондай-ақ, оларды сатып алыў ҳәм қурыўға ажыратылатуғын банк кредитлери бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар усынылады;

  • бюджет қаржыларын алыўшылар менен дүзилетуғын импорт шәрнамаларын мәжбүрий экспертизадан өткериў ҳәм дизимге алыў талабы суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша дүзилетуғын импорт шәртнамаларынан басқа;

  • өнимдарлығы пәс болған жерлерде мәмлекет талабы ушын пахта шийки өнимин жетистириўши аўыл хожалығы кәрханаларын Мәмлекет бюджети есабынан финанслық қоллап-қуўатлаў тәртиби бийкар етиледи.


Қарарға муўапық, сондай-ақ, 2022-жыл 1-январдан:
  • пахта шийки өнимин ҳәм масақлы дән жетистириў ушын насос агрегатлары ҳәм суўғарыў қудықлары пайдаланған электр энергиясы баҳасын Мәмлекет бюджетинен субсидиялар есабына қаплаў тәртиби тек суўды үнемлеўши технологияларды енгизген ислеп шығарыўшыларға бериледи;

  • аўыл хожалығы ислеп шығарыўшылары тәрепинен суў хожалығы шөлкемлериниң суўғарыў қудықлары ҳәм вертикал дренаж қудықларынан егинлерди суўғарыўға суў үнемлеўши технологияларды қоллаў шәрти менен рухсат етиледи.

Соның менен бирге қарарға муўапық, 2020-2030-жылларда суў хожалығын раўажландырыў концепциясы ислеп шығылады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Ишимлик суўына машина жуўғанлар жуўапкершиликке тартылады

Ишимлик суўына машина жуўғанлар жуўапкершиликке тартылады

Ишимлик суўынан басқа мақсетлерде (машина жуўыў, атыз суўғарыў, үй алдына суў себиў ҳәм т.б) пайдаланыў яки...