Telegram karinform

Мәденият

  • 12.05.2025 21:13
  • 9

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

 

Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған баҳаңызға ҳәм ҳәттеки физикалық саламатлығыңызға тәсир етиўи мүмкин болған көринбес жолдасларға айланады. Мүддетлери өтип кеткени ушын турақлы стресс, жақынларың алдындағы айыплылық сезими, қарызлар ҳаққында тынымсыз ойлаў – бул ўақытша қыйыншылықлар емес, ал ҳақыйқый психологиялық жүк.

 

Не ушын банкке арза тапсырыўдан алдын ойланып көриў керек? Пул ҳәм руўхый жағдай арасындағы нәзик байланыс ҳаққында психолог Юлия Синутина айтып береди.

 

Не ушын кредит аламыз ҳәм бул нелерге алып келеди?

 

Көпшилик қарызлар бизиң руўхый саламатлығымызға зыянлы тәсир етиўин биледи. Соның менен бирге, банклер тәрепинен берилетуғын кредитлердиң көлеми азаймайды, керисинше, өсип барады. Буны түсиндириў аңсат: адамлар тутыныўға үйренип қалған ҳәм бул әдетти таслаўға таяр емес. Жаңа нәрселер сатып алыў, мәселен, курортларға саяхатларға ҳақы төлеў, қымбат баҳалы курсларға қатнасыў ямаса оғада салтанатлы тойларды шөлкемлестириў ҳәм заўықланыў кейпиятты жүдә көтереди. Бирақ, көбинесе бул жағымлы демлер ушын ақша жетиспейди. Барлық ўақытта кредит ҳәм микроқарыз усынатуғын банклер бар. Зат сатып алыў күшли, ал қарыз алыў тәртиби ҳәдден тыс әпиўайыластырылған – нәтийжеде адамлар банклерден пул алып, тезирек төлеў үмитинде қарызға батады.

Айырымлар тек ғана кредитти ертерек қайтара алмайды, ал ўақтында ҳәр айлық мәжбүрий төлемлерин де төлей алмайды. Банклер дәрҳал барлық жоллар менен қарыздарлықты еслетип турады: телефон арқалы қоңыраў етеди, СМС жибереди, мессенджерлер, электрон почта ҳәм социаллық тармақлар арқалы хабарлар жибереди. Бул нерв системасына жүдә үлкен тәсир етеди. Ҳәм бундай банк «ғамхорлығы» турақлы тәкирарланса, қарыздарлар тынышсыз ҳәм қәўетерли болып қалады. Олар өз таңлаўын қылғаны анық, бирақ бул ҳақыйқатты аңлаўдан келип шығатуғын психологиялық басым босаспайды. Егер банклерден келетуғын тынышсызландырыўшы ескертиўлер кредитлер менен байланыслы бирден-бир унамсызлық болса, бул жақсы болар еди. Бирақ «қарсы тәсирлер» бираз көп болыўы мүмкин.

 

Кредитлердиң руўхый саламатлық ушын қәўпи неде?

Қарыздарлықтың аўыр сезими

Ең әҳмийетли унамсыз ақыбет – бул қарыздарлықтың аўыр сезими. Ол саналы түрде иш-ишимизди жемиреди ҳәм бир минут та дем алыўға имкан бермейди. Инсан эмоционал жақтан байланысып қалады ҳәм еркин бола алмайды. Бул субъектив, бирақ жүдә күшли сезим. Мәңги қарыздарлық ҳәм еркинлик жоқлығын аңлаў организмге бузғыншы психосомалық тәсир көрсетеди, бул ақыр-аяғында кеселликке алып келеди.

Көбинесе бул адамларды түскинликке, неврозларға, терең, узақ даўам ететуғын депрессияларға, денсаўлық машқалаларына алып келеди. Гейде инсан өз кеселлигиниң тийкарғы себебин түсинбейди, әсиресе, өмиринде ҳәмме нәрсе жақсы болса. Буның себеби болса жақын, жүзеки – төленбеген қарыз. Шыпакерлердиң атап өтиўинше, көпшилик кеселликлердиң себеби нерв. Аўа, биз тек кредитлер себепли қапа болмаймыз – ҳәр биримизде қарызлардан тысқары басқа да себеплер жетерли. Бирақ жабылмаған қарызлардың бар екенлиги – бул қәўетерлениўди арттыратуғын әҳмийетли факторлардан бири болып есапланады.

 

Машқаланың турақлы басымы

Қарызлардың және бир өзгешелиги сонда, олар бизге эпизодик түрде емес, ал турақлы түрде – бар болған ҳәм шешилмеген машқала сыпатында басым өткереди. Мийимиз қарызды нейтрал миннетлеме – «өнимлерди сатып алыў» ямаса «тәртипке салыў» сыпатында емес, бәлким машқала сыпатында қабыл етеди.

Егер биз қарыздарлыққа әпиўайы мүнәсибетте болсақ, турмысымыз әлбетте үлкен жүктен қутылған болар еди. Бирақ бул аңсат емес – кемнен-кем адам өз психикасын алдай алады. «Биреўдикин алып, өзиңдикин бересең», деген ҳикметли сөз бийкарға айтылмаған. Буны түсиниў отқа май қуяды ҳәм онысыз да қыйын жағдайды және де аўырластырады.

Бир тәрептен, кредитлер бизге қуўанышты көп күттирмей, ҳәзир-ақ қәлегенимизди алыў имканиятын береди. Басқа тәрептен, алынған кредитти кейин ала биз тек ғана пул менен емес, ал нервлеримиз ҳәм денсаўлығымыз бенен де төлеўге мәжбүр боламыз. Солай екен, банкке гезектеги арзаны тапсырыўдан алдын және бир мәрте жақсылап ойлап, барлық «аўа» ҳәм «жоқ»ларды тәрезиге салып көриў керек. Сонда сиз әлбетте дурыс қарар қабыл ете аласыз.

 

 

Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын