Telegram karinform

Экономика

  • 31.10.2019 11:27
  • 1708

Өзбекстан жарлылық дәрежеси бойынша Орта Азияда 3-орында турады

Өзбекстан жарлылық дәрежеси бойынша Орта Азияда 3-орында турады

Өзбекстан жарлылық дәрежеси бойынша Орта Азияда 3-орында турады. Оннан алдынғы орыныларды Қырғызстан ҳәм Тәжикстан ийелеген.
Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша эксперти Уилям Зейцтиң пикиринше, Қазақстан жарлылық дәрежеси бойынша ең төменги көрсеткишке ийе.
Қалалар бойынша алып қаралғанда, экономикалық белсендилик бойынша Ташкент, Алмата ҳәм Нурсултан қалаларында жағдай жақсы. Бирақ, Бишкек ҳәм Душанбе халқы жарлылық дәрежесинен шығып үлгермеген.
Жарлылық дәрежеси халықтың тутыныў товарларына қарап анықланады: адамлар не сатып алады, қандай өнимлер, пулын қандай нәрселерге сарплайды ҳәм тағы да басқа. Мәселен, ҳәзирде қазақстанлылар күнине орташа 5,5 доллар, қырғызстанлылар 3,2 доллар пайда табады.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң жаңа қарарына муўапық, 2030-жылға шекем пуқаралардың жарлылық формасы сапластырылыўы режелестирилген.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити