Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.11.2019 23:13
  • 1724

Самолёт салонына нелерди алып кириў мүмкин емес?

Самолёт салонына нелерди алып кириў мүмкин емес?

Алыс мәнзилге тез жетиўде ең қолайлы транспорт түри – самолёт. Көпшилик адамлар сапар алдынан өзи менен қандай буйымларды самолёт салонына алып кириў мүмкин емеслиги ҳаққында ойлайды. Сиз ушын әпиўайы болып көринген буйымлар да самолёт салонына алып кириўге руқсат етилмеўи мүмкин. Буның ушын дәслеп ҳаўа транспорты компаниясының қағыйдалары менен танысып алған мақул.

Самолёт салонына нелерди алып кириў мүмкин емес?

Суйықлықлар
Салонға 1 литрден артық ҳәр қандай суйықлықты алып кириў мүмкин емес. Бунда суў, ишимликлер, сорпа ҳәм тағы да басқалар нәзерде тутылады. Бет, аўыз, тери ҳәм шаш ушын арналған косметика қураллары да усылардың қатарына киреди.

Өнимлер
Самолётқа ҳәр қандай жейтуғын өнимлерди алып кириў мүмкин емес, шыпакерлер тәрепинен тайынланған диеталық аўқатлардан тысқары.

Дәрилер

Самолёт салонына нелерди алып кириў мүмкин емес?

Самолётта қәлеген түрдеги дәрилерди өзиңиз бенен алып өтиўге руқсат етилмейди. Әлбетте, медициналық мақсетте буйырылған дәрилерден тысқары. Бул дәрилер емлеўхананың керекли ҳүжжетлери менен тыстыйықланған болыўы керек.

Кесетуғын, оятуғын буйымлар
Салонда кесетуғын ҳәм оятуғын буйымлар: әпиўайы ҳәм сувенир пышақлар, тоқыў спицалары, қайшы ҳәм сол сыяқлы буйымларды алып жүриў мүмкин емес.

Қураллар
Дизимнен өткен ҳәр қандай оқ атыўшы қураллар тек багажда алып өтиўге руқсат етиледи.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған