Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.12.2019 17:09
  • 2171

Балалардың логикалық ойлаўы ҳәм есте сақлаўын раўажландыратуғын ойынларды билесиз бе?

Балаларға үзликсиз есап шығартып ямаса қағыйдаларды ядлатып жақсы нәтийжеге ерисиў қыйын. Балалардың логикалық ойлаўы менен есте сақлаў қәбилетин арттырыў, әлбетте, балалар ушын ойын формасында болыўы керек. Биз төменде усындай ойынлар ҳаққында сөз етемиз.

1) Рубик кубиги
Балалардың логикалық ойлаўы ҳәм есте сақлаўын раўажландыратуғын ойынларды билесиз бе?
Бул басқатырма ойыншық 1974-жылы архитектура бойынша муғаллим Эрне Рубик тәрепинен ойлап табылған. Кубик дүньяға жедел пәтлерде тарқалып, әпиўайы ойыншықтан вундеркиндлердиң атрибутына айланды. Оның белгили 3х3х3 үлгисиндеги түри бир қарағанда әпиўайы болып көринсе де, оннан 43 252 003 274 489 856 000 әмел ислеўге болады. Усы әмеллер арасында тек ғана биреўи дурыс болады. Бул ойын арқалы тек ғана логика емес, есте сақлаў қәбилети де жетилисип барады. Ойынға шешим табыў ушын алдынғы исленгенлерди ядлап алыў керек.
Ҳәзирги ўақытта Рубик кубигин математикада изертлейди, оны жыйнаў алгоритмине арналған илимий жумыслар да бар. Оған байланыслы көплеген салыстырыўлар жүргизиледи ҳәм ойыншықты ислеп шығарыўшылар оның ҳәр қыйлы түрлерин ислеп шығармақта.

2) Шахмат
Балалардың логикалық ойлаўы ҳәм есте сақлаўын раўажландыратуғын ойынларды билесиз бе?
Шахмат – дүнья жүзине ең белгили, ең әййемги ақылый ойынлардың бири. Шахматта классикалық усыллар бойынша ойнап ғана қоймай, өз вариацияңызды ойлап табыўға болады. Жеңип шығыў ушын стратегиялық жақтан ойлап, ҳәр бир жүристи алдын ала сезип, жобаластырып отырыў керек.
Сондай-ақ, шахмат есте сақлаў қәбилетин шынықтырады. Шахматшылар ҳәр бир жүристи ядта сақлаўға ҳәрекет етеди.

3) Шырпының шөби менен ойналатуғын басқатырмалар
Балалардың логикалық ойлаўы ҳәм есте сақлаўын раўажландыратуғын ойынларды билесиз бе?

«Бул есапты 18 жастан өткен адамлардың тек ғана бир проценти шығара алады!» - социаллық тармақларда шырпының шөби менен исленген басқатырмалардың темалары көбинесе усындай болып келеди. Бул басқатырмаларды шешиў оншелли аңсат емес, бирақ темада айтылғанындай қыйын да емес. Бундай есапларды ислеў ушын тек ғана шырпының шөбинен емес, оның орнына тис тазалағыш, қәлем, ағаштың сынықларынан пайдаланыўға да болады.

4) Шульте кестеси
Балалардың логикалық ойлаўы ҳәм есте сақлаўын раўажландыратуғын ойынларды билесиз бе?
Шульте кестеси – ишинде санлары болған уялы торлар болып табылады. Шульте кестесиндеги уяларда тек санлар емес, ҳәриплер, таңбалар, ҳәттеки, смайликлер де болыўы мүмкин. Бундағы тийкарғы ўазыйпа – кестеден қандай да бир белгини табыўдан ибарат. Бунда ўазыйпаны жедел ҳәм анық түрде орынлаў керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы