Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.12.2019 15:57
  • 1773

Россияда ишинде 56 өзбекстанлы болған автобус «КамАЗ» бенен соқлығысты. Ақыбетинде…

Россияда ишинде 56 өзбекстанлы болған автобус «КамАЗ» бенен соқлығысты. Ақыбетинде…
«Life» сайтының РФ ИИМ аймақлық басқармасына тийкарланып хабар бериўинше, Волгоград ўәлаятында 56 өзбекстанлы жолаўшыны алып баратырған автобус «КамАЗ» бенен соқлығысқан, деп жазбақта «Xabar.uz».
- Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, екинши дәрежели жолдан шығып келген автобус басқарыўшысы тийкарғы жолдан ҳәрекетленип баратырған ярым прицепли «КамАЗ»ға жол бермеген, ақыбетинде соқлығысыў жүз берип, автобус жолдан шығып кеткен, - деп жазылған хабарда.
Россияда ишинде 56 өзбекстанлы болған автобус «КамАЗ» бенен соқлығысты. Ақыбетинде…
Атап өтилиўинше, автобустағы 56 жолаўшы өзбекстанлы болған. «РИА Новости»диң хабар бериўинше, жарақатланған 5 адам еслеўханаға жатқарылған.
Ҳәдийсе жүз берген орында арнаўлы хызметлер ЖТҲ себеплери ҳәм ақыбетлерин үйренбекте.
Сондай-ақ, өзбекстанлыларды жергиликли мектепке ўақытша орналастырыў мәселеси көрилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған