Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.12.2019 19:01
  • 1856

4-Әмиўдәрья округинен Олий Мажлис депутатлығына талабан өз кандидатурасын қайтарып алған

4-Әмиўдәрья округинен Олий Мажлис депутатлығына талабан өз кандидатурасын қайтарып алған
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығы ушын талабанлығы дизимге алынған 6 пуқара сайлаўға шекем өз қәлеўи менен талабанлықтан ўаз кешкен. Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирзо Улуғбек Абдусаломов мәлим еткен.
Олар арасында 4-Әмиўдәрья сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Зоҳиджон Зиёдуллаев та бар.
- Талабанлар өз ықтыярлары менен кандидатурасын қайтарып алды. Бул процесте қандайда бир басым өткериў жағдайлары анықланбады. Сайлаў нызамшылығына муўапық, сайлаў күнине 15 күн қалғанға шекем партиялар, сайлаўға 1 күн қалғанға шекем талабанлар өз кандидатурасын қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Олар усы ҳуқықларынан пайдаланған, - деп айтып өткен ОСК баслығы Халықаралық баспасөз орайындағы брифингте.
Бул талабанның сайлаў бюллетеньлеринде көрсетилген аты, фамилиясының үстинен көк реңли ручкада туўры сызық сызылған. Оларға мүддетинен алдын даўыс берилген бюллетеньлер ҳақыйқый емес деп есапланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...