Telegram karinform

Сиясат

  • 16.11.2017 15:00
  • 2393

Зимбабведе мәмлекет аўдарыспағы болды

Зимбабведе мәмлекет аўдарыспағы болды

15-ноябрь күни Зимбабведе ҳәкимият әскерлердиң қолына өтти. Соның менен бирге армия ўәкиллери мәмлекетти 37 жылдан берли басқарып киятырған Роберт Мугабе аўдарып тасламаўын, бирақ, оның әтирапындағы жынаятшылардың жазаланыўын хабарлаған. Кейинирек Мугабе ҳаялы Грейси Мугабе менен биргеликте мәмлекеттен шығып кетиўи ушын руқсат берген жағдайда ғана, ҳәкимиятты өз қәлеўи менен тапсырыўға разы екенлигин айтқан.
Өткен ҳәптеде президент вице-президент Эммерсон Мнангагвуды дуўалаў жолы менен мәмлекет аўдарыспағын жүзеге шығарған деп айыплаған еди. Ол ҳәкимиятты өзиниң 52 жаслы ҳаялына қалдырмақшы болған.
14-ноябрь күни кеште Зимбабве әскерлери мәмлекеттиң пайтахты Харареге танклар менен кирген. Олар дәслеп мәмлекеттиң телерадиоканалын қолға алып, рәсмий баянат пенен шыққан.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте