Telegram karinform

Мәденият

  • 28.12.2019 11:08
  • 2105

Қарақалпақстанда «Опера мектеби» шөлкемлестириледи

Қарақалпақстанда «Опера мектеби» шөлкемлестириледи
Күни кеше, 27-декабрь күни Ташкент қаласындағы Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы мектепте Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўында «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Шыраз Турсынбаев Қарақалпақстанда «Опера мектеби»н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысын билдирди. Бул усыныс Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мақулланды, деп хабар бермекте Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының мәлимлеме хызмети.
- Мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнерге айырықша итибар берилмекте. Ҳәзирги күнде Қарақалпақстаннан көплеген опера атқарыўшылар жетилисип шықпақта. Атап айтқанда, Кеңесбай Сержанов, Мияссар Раззақова, сондай-ақ, елимиз байрағын бәлентлерге көтерип жүрген Жеңисбек Пиязовлар да солар қатарында. Опера өнерин раўажландырыў мақсетинде Нөкис қаласында опера театры ҳәм опера мектебин шөлкемлестириўди усыныс етемен, - деди Ш.Турсынбаев.
Жас талант ийеси «Мойнақта» қосығын жанлы ҳаўазда атқарып, қарақалпақ жасларының Президент пенен бирге екенлигин атап өтти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз