Telegram karinform

Сиясат

  • 20.11.2017 13:21
  • 2618

Тест сынақларысыз студент болмақшы болған Жаслар аўқамы белсендилери қандай ҳүжжетлерди тапсырыўы керек?



Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 14-ноябрьдеги №914 қарарына муўапық, Өзбекистан жаслар аўқамының арнаўлы усынысы бойынша тест сынақларысыз ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларсыз мәмлекетлик грант тийкарында студент болыў ушын талабанлардан төмендеги ҳүжжетлер талап етиледи:

1. Районлық (қалалық) комиссия баслығының атына арза;
2. Улыўмалық орта билим (11-класс тийкарында) ямаса орта-арнаўлы, кәсип-өнер мәкемесин питкергени ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм баҳалары көрсетилген қосымшаның нусқалары;
3. Билимлендириў орнынан питкериўши оқыўшы екенлиги ҳаққында мағлыўматнама (мағлыўматнамада ақырғы еки жылда пәнлерди өзлестириў баҳалары көрсетиледи);
4. 086-У формасындағы медициналық мағлыўматнама;
5. Паспорт (паспорт жасына жетпегенлер ушын туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық)тың нусқасы;
6. 3,5х4,5 см көлемдеги 4 дана реңли фотосүўрет;
7. Мийнет дәптершесиниң нусқасы (жумыс стажы болса);
8. Жаслар аўқамы системасында ерискен нәтийжелерин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлердиң (диплом, сертификат, ҳүрмет жарлығы ҳәм басқа ҳүжжетлер) нусқалары.

Талабанлар усы көрсетилген ҳүжжетлерди ҳәр жылы 1-марттан 25-мартқа шекемги аралықта Өзбекистан жаслар аўқамының районлық (қалалық) Кеңеслерине усыныўы керек.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған