Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.03.2020 13:24
  • 1604

Нур-Султан ҳәм Алматы қалалары 22-марттан баслап карантинге жабылады

Нур-Султан ҳәм Алматы қалалары 22-марттан баслап карантинге жабылады
Қазақстан Республикасының пайтахты Нур-Султан ҳәм ең үлкен қалаларының бири болған Алматы қалалары 22-март күнинен баслап карантинге жабылады.
Нур-Султан қаласының ҳәкими Бахтыяр Макенниң атап өтиўинше, 22-март күни саат 00:00 ден баслап қала жабылады. Транзит жолларының барлығына шеклеў қойылады. Басқа қалаларға баратуғын поездлар пайтахтта тоқтамай өтип кетеди.
- 22-марттан баслап басқа қалаларда жүрген пайтахт турғынлары қалаға қайтып кире алмайды. Қаладан ҳеш ким сыртқа шығарылмайды. Бул – карантин режими. Сонлықтан пуқаралар дурыс түсинеди деген ойдамыз, - дейди Нур-Султан қаласының ҳәкими.
Алматы қаласында 19-марттан баслап карантин режими басланған болып, қала 22-марттан баслап келип-кетиўшилер ушын толық жабылады. Қала ҳәкиминиң биринши орынбасары Ерлан Қожағапановтың мәлим етиўинше, 22-марттан баслап Алматыда барлық ҳаўа ҳәм темир жоллардағы ҳәрекетлер тоқтайды.

Мағлыўматларға қарағанда, Қазақстанда коронавирус инфекциясы анықланғанлар саны 49 адамға жеткен. Алматы қаласында 22 адам, Нур-Султан қаласында 25 адам, Қарағанда қаласында 2 адамда коронавирус инфекциясы анықланған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,