Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.04.2020 14:54
  • 1499

Өзбекстанда коронавирустан толық емленген адамлар саны 8 ге жетти

Өзбекстанда коронавирустан толық емленген адамлар саны 8 ге жетти
31-март күни коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардың және биреўи пүткиллей емленип, реабилитацияға жиберилди. Кеселликтен толық емленип кеткен пуқара шыпакерлерге айырықша миннетдаршылық билдирди. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар бермекте.
Бул пуқара, алдын хабар берилгениндей, усы жылдың 14-март күни Лондон-Ташкент жөнелисиндеги рейс пенен Ташкентке келген. 16-март күни онда коронавирус инфекциясы анықланған еди.
Өткен ўақыт даўамында ол Вирусологиялық илимий тексериў институтының клиникасында толық емленди.
Атап өтиў орынлы, пидайы шыпакерлер тәрепинен күни-түни медициналық бақлаўға алынған ҳалда, халықаралық стандартлар тийкарында зәрүрли емлеў илажлары алып барылғанлығы усы наўқастың толық емленип кетиўин тәмийинледи.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, ҳәзирги ўақытта тек ғана Ташкент қаласында емес, соның менен бирге, ўәлаятларда да медицина хызметкерлери коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардың емленип кетиўи ушын бар тәжирийбесин иске қоса отырып, қаҳарманларша гүреспекте. Ҳәзирги ўақытта усы кеселликтен емленгенлер саны 8 адамға жетти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...