Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.05.2020 15:19
  • 1572

Сардоба суў сақлағышынан суў жыққанда Қазақстанға суў жетип бармаўы ҳаққында хабар берилгени рас па?

Сардоба суў сақлағышынан суў жыққанда Қазақстанға суў жетип бармаўы ҳаққында хабар берилгени рас па?
Сардоба суў сақлағышынан суў жыққан ўақытта Қазақстанға суў жетип бармаўы ҳаққында хабарланғаны тастыйықланды.

ӨзР Суў хожалығы министриниң орынбасары Воҳиджон Аҳмаджонов бул ҳаққында төмендегилерди мәлим етти:

«Бул дәслепки мағлыўмат болған, әлбетте. Ҳәр қандай апатшылық басланғанда оның көлемин анықлаў оғада қыйын. Бириншиден, суў басқаннан соң сол жерге барыўдың өзине имканиятыңыз болмайды ямаса толық үйрениў, яки болмаса сол шараятта толық баҳалаў имканияты болмайды.
Дәслепки баҳалаўларда ҳеш ким суў сақлағыштан көп муғдарда суў жығып кетиўин күтпеген еди. Соған тийкарланып Қазақстанға ҳақыйқатында да бул суў сақлағыштан суўдың жығыўы тезирек тоқтатылады ҳәм қәўипсиз тәрепке бағдарландырылады, деп айтылған.
Тилекке қарсы, ҳәр қандай техноген аварияны алдын ала болжаў қыйын. Буның зыян келтириўин, көлемин тезлик пенен айта алыў қыйын. Дәслепки минутларда Қазақстан тәрептен сораў болғанда, шыны менен де, усындай жуўап қайтарылған. Сизлерге суў жетип бармаўы ямаса зыян жетпеўи ушын барлық илажлар көрилмекте, деген хабарлар болған».

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған