Telegram karinform

Экономика

  • 20.05.2020 16:36
  • 1580

Қараөзекте самал электр станциясын қурыў бойынша биринши тендерде қатнасыў ушын неше инвестор арза берди?

Қараөзекте самал электр станциясын қурыў бойынша биринши тендерде қатнасыў ушын неше инвестор арза берди?
30 мәмлекеттен 70 компания ҳәм консорциумлар Өзбекстанда қуўатлылығы 100 МВт қа тең болған биринши самал электр станциясының (СЭС) қурылысында қатнасыў ушын арза берген. Арзалар усы жылдың 13-май сәнесине шекем қабыл етилди. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Бийғәрез электр энергия ислеп шығарыўшылар Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Қаржы министрлиги жанындағы мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги тәрепинен жойбарға қатнасыў ушын мирәт етилди.

Тендер жеңимпазлары усы жойбар шеңберинде объектлерди ислеп шығыў, қаржыландырыў, қурыў, оларға ийелик етиў ҳәм пайдаланыўға қатнасады.

Самал энергетикалық жойбары бойынша биринши тендер Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки тәрепинен бирге ислесиў ҳаққындағы келисим шеңберинде әмелге асырылады. Буннан гөзленген мақсет, улыўмалық қуўатлылығы 1 ГВт қа тең самал электр станциясын қурыў болып есапланады.

Усы самал электр станцияларын ҳәм тийисли инфраструктураны қурыў ушын майданша Қарақалпақстан Республикасының Қараөзек районы аймағынан сайланған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған