Telegram karinform

Мәденият

  • 20.05.2020 17:35
  • 1945

Қарақалпақстанлы студент Францияда өткерилген халықаралық таңлаў-фестивальда 1-орынды ийеледи

Қарақалпақстанлы студент Францияда өткерилген халықаралық таңлаў-фестивальда 1-орынды ийеледи
Усы жылдың 6-20-май күнлери аралығында Францияның Париж қаласында «Art Line» халықаралық федерациясы тәрепинен балалар, жас өспиримлер ҳәм ересеклер арасында «PRO ART» Халықаралық көп жанрлық дөретиўшилик таңлаў-фестивалы онлайн форматта болып өтти.

«Франция жулдызлары» халықаралық жойбары шеңберинде өткерилген таңлаў-фестивальға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарының студенти, жас жыраў Давронбек Ендирбаев та қатнасты.

- Бул халықаралық таңлаў-фестивальға бир неше мәрте қатнасқанман. Бирақ, алдынғы қатнасқанларымда жеңимпаз болыў несип етпеген еди. Быйылғы таңлаўға устазым Ықлас аға Моянов пенен пуқта таярлық көрдик. Фестиваль шөлкемлестириўшилерине «Алпамыс» дәстанынан үзинди атқарып, видеоға түсирип, Интернет арқалы жибердим, - дейди жас талант ийеси.

Қуўанышлысы, халықаралық таңлаў-фестивальда «Фольклорлық вокал. Соло» номинациясы бойынша Давронбек Ендирбаевтың атқарыўшылығы жоқары баҳаланып, 1-орынға ылайық, деп табылды ҳәм диплом менен сыйлықланды.
Қарақалпақстанлы студент Францияда өткерилген халықаралық таңлаў-фестивальда 1-орынды ийеледи

Шөлкемлестириўшилер тәрепинен оның устазы Ықлас Мояновқа миннетдаршылық хаты жиберилди.

Мағлыўмат ушын, Д.Ендирбаев өткен жылы Қазақстан Республикасының Алматы қаласында болып өткен Халықаралық көп жанрлық IV «Gloria» таңлаў-фестивалында фольклор жыраў, соло жөнелиси бойынша 1-орынды ийелеген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.