Telegram karinform

Сиясат

  • 26.05.2020 13:22
  • 1913

Төрткүл районына жаңа ҳәким тайынланды

Төрткүл районына жаңа ҳәким тайынланды
26-май күни халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң гезексиз алтыншы сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳəм районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, әсиресе, бүгингидей сынаўлы дәўирде халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм район ҳәкими лаўазымына усы күнге дейин Елликқала районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген Шамуратов Рустам Азатовичтиң кандидатурасын усынды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Сессияда Р.А.Шамуратов Төрткүл районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Мағлыўмат ушын, Р.А.Шамуратов өткен жыллар ишинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң экономикалық раўажландырыў мәселелери секретариаты баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы, Төрткүл районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, Елликқала районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, Елликқала районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары сыяқлы жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте