Telegram karinform

Экономика

  • 15.06.2020 18:26
  • 1699

Қарақалпақстанда неше гектар жерде шегирткелерге қарсы химиялық ислеў берилген?

Қарақалпақстанда неше гектар жерде шегирткелерге қарсы химиялық ислеў берилген?
ӨзР Аўыл хожалығы министрлиги социаллық тармақларда Өзбекстанның қубла ўәлаятларына көп муғдарда шегирткелер топары ушып киятырғаны ҳаққындағы тарқалып атырған хабарларға билдириў жәриялады.

Министрликтиң мәлим етиўинше, 2020-жылы Өзбекстан бойынша зыянлы шегирткелердиң 597,9 мың гектар жерде тарқалыўы ҳәм химиялық ислеў бериў илажларының өткерилиўи болжаў етилген.

- Ҳәзирги ўақытта зыянлы шегирткелердиң 403,3 мың гектарлық майданда тарқалғаны анықланып, 382 мың гектарлық майданда химиялық ислеў бериў илажлары өткерилди, - деп жазылған хабарда.

Мәлим болыўынша, Қарақалпақстан Республикасында 30 мың гектарлық жерде химиялық ислеў бериў жумыслары алып барылған.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда 150 ден аслам шегиртке түрлери тарқалған болып, топар пайда етип жасайтуғын Марокко, Азия ҳәм ойпатлық шегирткелери усылардың қатарына киреди. Усы күнлерде Өзбекстанда Марокко шегирткеси кең тарқалып атырғаны есапқа алынып, химиялық гүрес алып барылып атырған майданларда тийкарғы итибар усы шегирткеге қаратылған. Усы түрдеги шегирткелер кең тарқалған тарийхый майданлардың көпшилик бөлеги мәмлекетлер аралық трансшегаралық аймақларға туўра келеди. Көбейиў майданлары таў ҳәм таў алды жайлаўларына туўра келетуғын Марокко шегирткеси усы күнлерде қанат шығарып, раўажлана баслайды. Тәбийғый набыт болыў дәўири болса 20-25 күннен соң бақланыўы мүмкин.

Усы туўысқа киретуғын қызыл саҳра шегирткелери де болып, олар оғада үлкенлиги менен парқланады. Атап айтқанда, үлкени 7 сантиметр болған бул жәнликлер самал жәрдеминде 2-6 мың километр аралыққа шекем биймәлел ушып өте алады. Олар ушып узақ аймақларға, бир мәмлекеттен басқасына көшип жүриўи ушын қанат шығарып, ержетиўи керек. Буған болса шегирткелерге қарсы гүресиў хызмети улыўма жол бермейди.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Африка ҳәм Орайлық Азия еллеринде саҳра шегирткеси бирден көбейип, 15 миллион гектарлық майданда көшип жүргени анықланды. Аўғанстан, Иран, Судан, Эфиопия, Египет мәмлекетлеринде саҳра шегирткелери келтирген зыян 500 миллион доллардан өтип кеткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында