Telegram karinform

Экономика

  • 29.11.2017 22:01
  • 3007

Туристлер Қарақалпақстанның қайсы районларына көбирек саяхат етеди? Шараятлар қандай?



ӨзР Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҚР басқармасы баслығының ўазыйпасын атқарыўшы Б.Қусекеевтиң «Устаз жолы» газетасында жәриялаған материалында жазылыўынша, Қарақалпақстанның төменде атлары көрсетилген районлары шет елли туристлер көп саяхат ететуғын орынларына айланбақта. Булар:
1. Мойнақ.
2. Елликқала.
3. Шымбай.
4. Төрткүл.
5. Қоңырат.
6. Хожели.



Мойнақ районында Арал теңизи бойына саяхат шөлкемлестиретуғын «Moynaq tour», «Tazabay grand service» сыяқлы фирмалар тәрепинен теңиз жағасында қараүйлерден дүзилген комплекс исленген болып, туристлердиң саяхатларын шөлкемлестириў ушын зәрүрли транспорт қураллары ҳәм квадроцикльлер менен тәмийинленген. «Moynaq tour» фирмасы тәрепинен «Кемелер қойымшылығы» жанында 4 қараүйден ибарат туристлик комплекс, «Мойнақ» маягы, оның төменги бөлиминде кафе ҳәм мийманхана иске түсирилди.



Шет елли туристлер Елликқалаға район аймағындағы «Топырақ қала», «Аяз қала», «Үлкен қабат қала», «Үлкен Гүлдирсин қала», «Қорғасын қала», «Қырық қыз қала» сыяқлы археологиялық естеликлерди көриў ушын келеди. Бостан қаласы жанындағы Ақша көл бойында «Бостан туризм» фермер хожалығы тәрепинен туристлер ушын 9 қараүйден ибарат туристлик комплекс хызмет көрсетпекте. Сондай-ақ, Аяз қала жанында шөлкемлестирилген «Аяз юрт» фирмасы тәрепинен дүзилген қараүйлер лагеринде барлық қолайлықлар бар.



Шымбай районындағы зергерлер устаханасы менен қараүйшилер устаханасы туристлер қәдеми үзилмейтуғын орынлардан есапланады.
Төрткүл районында туристлер ушын «Төрткүл» мийманханасы қурылмақта.
Қоңырат районында саяхатшылар ушын 2 мийманхана ҳәм 1 туристлик фирма хызмет көрсетпекте.
Хожели районында туристлер ушын 1 мийманхана ҳәм ресторан хызмет етип турған болып, бул районға шет елли саяхатшылар «Миздақхан» археологиялық ҳәм архитектуралық комплекси менен «Гәўир қала» мәдений естелигин тамашалаў ушын келеди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...