Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.11.2017 17:56
  • 2116

«Қар адамы» ҳаққындағы ҳақыйқатлық пушқа шықты



Йетилердиң (илимде «қар адам»ларды усылай да атайды) онлаған сүйек, тис, тери ҳәм шаш үлгилерин изертлеген илимпазлар олардың айыў екенлигин дәлилледи. Бул ҳаққында The Guardian басылымы хабар бермекте.
Гималай менен Тибеттен алып келинген йетилердиң сүйек, тис, шаш үлгилерин изертлеген британиялы илимпазлар олардың негизи айыў екенлигин анықлады. Қәнигелер улыўма 24 предметти изертлеген. Олардың тоғызы айыўларға, биреўи ийтке тийисли екенлиги белгили болды.
Ал басқалары болса адамлар менен жылқыға тийисли. Қәнигелер өз изертлеўлеринде «қар адам»ның реликтивли гоминид емес екенлигин дәлилледи. Йетилер ҳаққындағы аңызды жоққа шығарған алымлар, айыўлар ҳаққында жаңалық ашты.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда