Telegram karinform

Спорт

  • 04.07.2020 10:33
  • 1682

Хабиб Нурмагомедовтың әкеси қайтыс болды

Хабиб Нурмагомедовтың әкеси қайтыс болды
Аралас жекпе-жек бойынша жеңил салмақта UFC чемпионы, россиялы Хабиб Нурмагомедовтың әкеси ҳәм тренери Абдулманап Нурмагомедов қайтыс болды.

Бул қайғылы хабарды Чеченстан басшысы Рамзан Кадыров жеткерди.

«Дослар, Абдулманап Нурмагомедов өмирден көз жумғаны ҳаққында қайғылы хабар келди. Пүткил чечен халқының атынан Абдулманап Магомедовтың шаңарағына терең қайғырыў менен кеўил айтаман! Ол өзинен ылайықлы әўлад қалдырып, арамыздан кетти!», - деп жазған Рамзан Кадыров.

Мағлыўмат ушын, Абдулманап Нурмагомедов 25-апрель күни пневмония менен емлеўханаға жатқарылған еди. Кейин ала Москвадағы емлеўханалардың бирине өткерилди. Инсульт болғаннан соң жүрегине операция исленип, комаға түскен. Жақында ғана Хабиб Нурмагомедов әкесиниң аўҳалы жақсыланып атырғаны ҳаққында мәлим еткен еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте