Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.07.2020 13:04
  • 1051

Түркменстан «коронавирус Арал бойындағы самаллар арқалы тарқалыўы мүмкин»лигин айтпақта. Бул қаншелли ҳақыйқат?

Түркменстан «коронавирус Арал бойындағы самаллар арқалы тарқалыўы мүмкин»лигин айтпақта. Бул қаншелли ҳақыйқат?
«Туркменистан сегодня» мәмлекетлик мәлимлеме агентлигиниң хабарларына қарағанда, Түркменстан «вируслар ҳаўа ағымлары арқалы көшип жүриўи мүмкин ҳәм бул Арал теңизиндеги экологиялық машқала менен байланыслы болып есапланады» деген шешимлерди алға сүрмекте. Бул ҳаққында «Дарё» басылымы хабар берди.

Агентликтиң хабарында пандемия ҳәм Арал теңизи машқаласының бир-бирине байланыслылығы ҳаққында анық мағлыўмат берилмеген.

«Адам денсаўлығына қәўип салатуғын вируслар аўыр экологиялық шараятта ҳаўа ағымлары арқалы ҳәрекетлениўи мүмкин. Орайлық Азия экологиялық көзқарастан оғада аўыр аймақлардың бири болып есапланады. Буған тийкарғы себеплердиң бири Арал теңизиндеги машқала болып табылады. Арал теңизи әтирапындағы зыянлы ҳаўа тәбиятқа, географиялық аймақлардағы климатқа үлкен зыян жеткермекте ҳәм бул тек ғана усы аймақта жасайтуғын адамлар ушын емес, соның менен бирге бул жерлерден узақта жайласқан басқа еллердеги адамлардың өмирине де қәўип салмақта», - деп жазылған агентлик хабарында.

Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми «COVID-19»дың ҳаўадан самал арқалы кирип келиўи мүмкинлиги ҳаққында хабар бермеген. БМШ рәсмий сайтындағы мағлыўматларға қарағанда, коронавирус адам жөтелгенде ямаса түшкиргеннен кейин белгили бир ўақыт даўамында жабық имаратлардағы ҳаўада сақланып турыўы мүмкин. Бирақ, үлкен аралыққа созылған ашық ҳаўадағы кеңликлерде (онлаған-жүзлеген километр аралыққа созылған) ҳаўадағы инфекция бөлекшесиниң күши қайтады.

Түркменстан Сыртқы ислер министрлиги 7-июльда биринши мәрте коронавирустың Арал бойындағы самаллар ҳәм дузлы боранлар ақыбетинде жуғыўы мүмкинлиги ҳаққында хабар тарқатқан, сол күни Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми миссиясы мәмлекетте тексериў жумысларын әмелге асырған еди.

Тексериўге бир неше күн қалған ўақытта хызмет көрсетиў тараўы хызметкерлери медициналық нықапларды тағып жумыс ислей баслаған, Түркменстандағы мәмлекетлик ҒХҚлар денсаўлықты сақлаў министрлиги буны ҳаўадағы шаң муғдарының кескин артқаны менен түсиндиргенлигин атап өткен еди.

«Метеожурнал» метеорологиялық басылымы Түркменстандағы қурылмалардың мәлимлемелерине тийкарланып, бул гәплерди бийкарлаған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...