Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.08.2020 15:59
  • 1565

Россияда екинши вакцина дизимге алыныўы күтилмекте

Россияда екинши вакцина дизимге алыныўы күтилмекте
Новосибирсктеги «Вектор» мәмлекетлик илимий орайында таярланып атырған Россияның коронавирусқа қарсы «Эпи ВакКорона» деп аталатуғын вакцинасы сентябрь айынық ақырында – октябрь айының басында дизимге алыныўы мүмкин.

Бул ҳаққында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң Ҳүкимет ағзалары менен өткерген жыйналысында Бас министрдиң орынбасары Татьяна Голикова мәлим еткен, деп жазады «Янги Ўзбекистон» басылымы.

- Сентябрь айының ақырында Россияда «Вектор» мәмлекетлик илимий орайы базасында ислеп шығарылатуғын және бир вакцинаның клиникалық сынақлары жуўмақланыўы жобаластырылған, - деп айтып өткен Голикова. – Бул вакцина өзиниң өзгешеликлеринен келип шығып «Эпи ВакКорона» деп аталған. Мен ойлайман, сентябрь айының ақыры – октябрь айының басларында бул вакцина да дизимге алынады.

Бас министрдиң орынбасары клиникалық сынақлардың биринши ҳәм екинши басқышларында емленип атырғанларда белгилер бақланбағанлығы ҳаққында да еслетип өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында