Telegram karinform

Сиясат

  • 31.08.2020 23:48
  • 1117

Халық аралық пресс-клуб жәмәәтиниң Қарақалпақстандағы өзгерислерди сәўлелендириўдеги мийнетлери мүнәсип баҳаланды

Халық аралық пресс-клуб жәмәәтиниң Қарақалпақстандағы өзгерислерди сәўлелендириўдеги мийнетлери мүнәсип баҳаланды

Халық аралық пресс-клуб өз жумысын баслаған ўақыттан берли мәмлекетимиздиң дерлик барлық аймақларында әмелге асырылып атырған реформаларды, социал-экономикалық раўажланыўлардың табыслы қәдемлерин қалыс ҳәм әдил түрде үзиликсиз сәўлелендирип келмекте. Бунда әсиресе елимиздиң ең шетки аймақлары ҳәм сол жердеги неше жыллар даўамында дыққат-итибардан шетте қалған түрли тараўларға айрықша әҳмийет қаратылғанын айтып өтиў орынлы.
Шешимин күтип турған мәселелер Қарақалпақстан Республикасы Халық аралық пресс-клубтың ҳәрдайым дыққат-итибарында болды. Атап айтатуғын болсақ, өткен ўақыт аралығында Қарақалпақстанның барлық аймақларында болып, көплеген ушырасыўлар, сессиялар, «Тет-а-тет», «Аралықта» бағдарламалары ҳам басқа да әнжуманларды өткерди. Әсиресе, соңғы үш жылда алдын болмаған жаңалықты енгизип, халық аралық пресс клуб жаңа жылдың дәслепки күнлеринде Мойнақтан бир неше саат даўамында жанлы эфир шөлкемлестирди.
Усы жылдың 10-январь сәнесинде Аралдың қурыған ултанынан Ташкенттен 1800 км, ал Нөкис қаласынан 300 км узақлықтан турып жанлы эфирге шыққан болса, пандемия дәўиринде июль айының ақырында Мойнақ, Қоңырат,Шоманай районларында болып, сол жердеги өзгерислер, раўажланыўлар менен танысты, бул жерде жасаўшы Қарақалпақ халқының жасаў жағдайын сәўлелендириўши көрсетиўлерди эфирге узатты.
Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы қарары менен республикада әмелге асырылып атырған реформаларға қосқан үлкен үлеси ушын Халық аралық пресс-клубтың баслығы Шерзодхон Тожиддинович Қудратхўжаев «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» атағы менен сыйлықланды.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...