Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.09.2020 10:10
  • 1294

Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды

Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды
Тест сынақлары Нөкис қаласындағы «Туран» орайлық стадионы, Қарақалпақстан Республикасы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының стадионы ҳәм Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис кортында болып өтпекте. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Тест сынақларында ҳәр бир абитуриентти медициналық нықап ҳәм қолғап, ручка, 0,5 л сыйымлықтағы ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар берилмекте.

Тест сынақларының әдил түрде өтиўин тәмийинлеў мақсетинде стадионларға 360 градуслы радиусқа ийе видеобақлаўлар орнатылған.

Мағлыўмат ушын, жаңа оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында 82 мың 397 абитуриент онлайн түрде дизимге алынған болып, соннан 70 482 абитуриент тест сынақларында қатнасыўы, 11 915 абитуриент болса дөретиўшилик имтиханлар тийкарында өз билимин сынақтан өткериўи күтилмекте.

«Туран» орайлық стадионында 2 сектор болып, 1-сменада 1800 абитуриент, Қарақалпақстан Республикасы балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының стадионында 780 ҳәм Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис кортында 420 абитуриент тест тапсырыўы ушын шараятлар жаратылған болып, ҳәр бир абитуриент ушын 6 квадрат метрлик орын ажыратылған.
Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды
Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды
Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды
Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды
Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды
Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны