Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.09.2020 12:32
  • 1065

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Бүгин, 3-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар 4 орында – дене мәденияты (соның ишинде, ҳаял-қызлар спорты) бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша Нөкис қалалық ХББге қараслы 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң спорт майданшасында, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша институттың шет тиллери ҳәм дене мәденияты факультетлери имаратының спорт залында, музыкалық тәлим бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша институт бас имаратының киши мәжилислер залында, сондай-ақ, оқыў қазақ ҳәм түркмен тиллеринде алып барылатуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша имтиханлар институт бас имаратындағы үлкен сыйымлылыққа ийе спорт залда өткерилмекте.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Имтиханларға кириў орынлары дезинфекциялық туннель, дене температурасын өлшеў ушын пирометрлер менен тәмийинленген болып, арнаўлы медицина хызметкерлери ҳәр бир абитуриенттиң температурасын өлшеп, оларға медициналық нықап ҳәм медициналық қолғаплар бийпул тарқатылмақта.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Сондай-ақ, абитуриентлер ушын қолайлық жаратыў мақсетинде имтиханлар өткериў орынларына бийпул ручка, қағаз, қәлем, ишимлик суўын тарқатыў жумыслары жолға қойылған.

Имтиханлардың әдил өтиўин тәмийинлеў мақсетинде Бухара мәмлекетлик университетинен тәжирийбели профессор-оқытыўшылар бириктирилди.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды
Сондай-ақ, пандемия шараятында абитуриентлердиң ата-аналарының саламатлығын тәмийинлеў ҳәм олардың артық әўере болыўының алдын алыў мақсетинде институттың рәсмий веб-сайтында https://ndpi.uz/qq/online-kamera/ веб-мәнзили арқалы кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар онлайн трансляция етилмекте.

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар 14 күн даўамында өткерилиўи жобаластырылған.

Мағлыўмат ушын, 2020-2021-оқыў жылы ушын институттың бакалавиатура күндизги билимлендириў бағдарларына улыўма 2125 орын (соннан, 500 мәмлекетлик грант, 1625 төлемли контракт тикарында), сыртқы билимлендириў бағдарларына төлемли контракт тийкарында 1400 орын, сондай-ақ, жаңа оқыў жылында кешки билимлендириў бағдарлары ушын төлемли контракт тийкарында 100 орын ажыратылды. 20-июньнан 20-июльға шекем бир ай даўамында усы билимлендириў бағдарларына 31 309 абитуриенттен ҳүжжетлер қабыл етилди.

Соннан 26 728 абитуриент тест сынақларында қатнасыўы жобаластырылған болып, қалған 4581 абитуриент сайлаған бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес түрде кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханларын тапсырады.

Ислам Матеков.
Автордың түсирген сүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы