Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.09.2020 13:29
  • 1397

Бес мәмлекетке турақлы авиарейслер тикленбекте

Бес мәмлекетке турақлы авиарейслер тикленбекте
Өзбекстан Дубай, Алматы, Стамбул, Франкфурт, Бишкек жөнелислери бойынша турақлы халықаралық авиарейслерди тиклемекте.

«Өзбекстан ҳаўа жоллары» авиакомпаниясының мәлим етиўинше, ҳәптесине бир мәрте:

- 4-сентябрьден баслап Дубайға жума күнлери;
- 10-сентябрьден баслап Франкфуртқа пийшемби күнлери;
- 11-сентябрьден баслап Алматыға жума күнлери;
- 14-сентябрьден баслап Бишкекке дүйшемби күнлери ушыў мүмкин.

Ташкент-Стамбул-Ташкент рейслери 4-, 7-, 11-, 14-, 16-, 18-, 21-, 23-, 24-, 25-, 28- ҳәм 30-сентябрь күнлери шөлкемлестириледи.

Усы мәмлекеттен қайтып атырған пуқаралар коронавирусқа соңғы 72 саатта тест тапсырған ҳәм нәтийжеси терис (отрицательный) болыўы керек. Ташкентке қайтқаннан соң 14 күн өзин-өзи жекелеў тәртибине өтиўи талап етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны