Telegram karinform

Технология

  • 08.09.2020 16:47
  • 1586

Смартфонның қасына банк картасын қойыў қәўипли ме? Қәнигелер не дейди?

Смартфонның қасына банк картасын қойыў қәўипли ме? Қәнигелер не дейди?
Илимпазлар смартфонды өзге затлар менен араластырмай бөлек услаған мақул екенлигин айтпақта.

Мәселен, Г.В.Плеханов атындағы Россия экономикалық университетиниң доценти Александр Тимофеевтиң мәлим етиўинше, еки телефонды бир жерге, бир-бириниң үстине қойыўға болмайды. Өйткени, еки смартфоннан шыққан радиотолқын үлкейип, оның жанында отырған адамларға қәўип пайда етиўи мүмкин.

Сондай-ақ, уялы телефонның қасына банк картасын қойыў, қабына салып бирге алып жүриў де надурыс. Уялы телефоннан тарқалған радионурлар банк картасының жумысына, сақланыў мүддетине зыян жеткериўи мүмкин екен.

- Телефонды косметикалық затлар менен сумкаға салыўға да болмайды. Өйткени, косметикалық затлар сыртындағы магнитлер толқын менен байланысты бузып, телефон жумысына кесент етеди. Ал радионурлар сиңген косметика адам организми ҳәм оның терисин зыянлаўы мүмкин, - деп айтып өткен илимпаз.

Сондай-ақ, илимпаздың айтыўынша, сымсыз қулақлықлардан (наушник) шыққан электромагнитлик толқын адам мийине тәсир етиўи мүмкин. Сонлықтан, оны пайдаланбаған мақул.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...