Telegram karinform

Мәденият

  • 25.09.2020 21:25
  • 2084

Мойнақта сүўретке алынған «Теңизди күтип» фильми халықаралық кинофестивальларда жеңимпаз болды (+фильмди тамаша етиң)

Мойнақта сүўретке алынған «Теңизди күтип» фильми халықаралық кинофестивальларда жеңимпаз болды (+фильмди тамаша етиң)
Нью-Йорклы кинорежиссёр Джордж Ицхактың Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ қаласында сүўретке алынған «Waiting for the sea» («Теңизди күтип») қысқа метражлы фильми «Moscow Shorts International Film Festival» ҳәм «Long Story Shorts International Film Festival» фестивальларында «Ең жақсы ҳүжжетли фильм» және «Ең жақсы операторлық жумыс» номинацияларында жеңимпаз болды.

Фильмде электрон ҳәм халық музыкасы Арал теңизиниң аянышлы тәғдири менен байланыстырылған.

Джордж Ицхак 2018-жылы биринши мәрте өткерилген «Стихия» электрон музыкалар фестивалы ҳаққында еситип, 2019-жылдағы екинши мәўсимине қатнасыў ушын Мойнаққа келген.

«Waiting for the sea» («Теңизди күтип») қысқа метражлы фильми дүньяның бирнеше кинофестивальларында, атап айтқанда, «Long Story Shorts International Film Festival», «Moscow shorts International Short Film Festival», «Prague International Film Festival», «Lebanese Independent Film Festival», «Ojai Film Festival», «In The Palace International Short Film Festival», «Lonely Wolf London International Film Festival», «Tokyo Lift-Off Film Festival» сыяқлы фестивальларда номинацияларға қатнасып, «Ең жақсы ҳүжжетли фильм» және «Ең жақсы операторлық жумыс» номинациялары бойынша жеңимпаз болған.

«Waiting for the sea» («Теңизди күтип») ҳүжжетли фильмин төмендеги силтеме арқалы тамашалаўыңыз мүмкин.

https://bit.ly/2HpIiFv

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...