Telegram karinform

Мәденият

  • 02.10.2020 11:04
  • 1185

НМПИ студенти Түркияда болып өткен халықаралық таңлаў жеңимпазы болды

НМПИ студенти Түркияда болып өткен халықаралық таңлаў жеңимпазы болды
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим бағдарының студенти, жас талант ийеси Қәллибек Муҳаммеддинов усы жылдың 19-30-сентябрь күнлери аралығында Түркия мәмлекетиниң Кемер қаласында онлайн тәризде өткерилген «Турецкие узоры» II Халықаралық көп жанрлық таңлаўында 1-орынды ийеледи.

- Таңлаўға Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист, белгили шайыр Алтынгүл Өтениязова сөзине, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Айжамал Төремуратова намасына «О, туўған жер» қосығын атқарып шықтым. Жетискенликлерге ерисиўиме тийкарғы себепши болған устазларым София Тәжетдинова ҳәм Сановар Романовалардан шексиз миннетдарман, - дейди Қәллибек Муҳаммеддинов.

Мағлыўмат ушын, Қәллибек Муҳаммеддинов усы жылдың 4-7-январь күнлери Қазақстан Республикасы Нур-Султан (Астана) қаласында өткерилген V Халықаралық көп жанрлы «Gloria» фестивалында қатнасып, эстрада бағдары бойынша 1-орынды, сондай-ақ, усы жылдың 13-16-февраль күнлери аралығында Россия Фередациясының пайтахты Москва қаласындағы Тишинская майданындағы Тишинка саўда орайында Халықаралық III «Восточный базар «Тюбетейка» мәденият фестивалында қатнасып, 1-орынды ийелеген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында