Telegram karinform

Спорт

  • 14.10.2020 12:32
  • 1643

Президент Суперлигада көриўди қәлеген «Арал» футбол клубы келеси мәўсимде қайсы лигада ойнайтуғыны мәлим болды

Президент Суперлигада көриўди қәлеген «Арал» футбол клубы келеси мәўсимде қайсы лигада ойнайтуғыны мәлим болды
Өзбекстан Профессионал футбол лигасы бас директоры ўазыйпасын атқарыўшы Диёр Имомхўжаев өзиниң Телеграм каналында «Арал» футбол клубының келешеги ҳаққында пикир билдирди. Бул ҳаққында «Sports.uz» басылымы хабар берди.

«Президентимиз Қарақалпақстанға сапары даўамында «Арал» футбол клубы темасын көтерди. Бул футбол әлеминдегилер ушын унамлы болды. Өйткени, «Арал самалы» шыны менен де күшли клублар менен бәсекилесе алмайтуғын дәрежеге түсип кеткен. Қарақалпақстан тек ғана үлкен футболда емес, соның менен бирге, ҳаял-қызлар футболы және футзал мәселесинде де үлкен өсимге ерисиўи керек. Шавкат Миромонович «Арал» клубының жақын жыллар ишинде өзине келиўине исеним билдирди. Келеси жылы Суперлигада ойнайды, деп айтылмағанының да мәниси бар. Өйткени, 20 жыл алдын Қарақалпақстанның бас командасы жасалма тәризде элитаға алып шығылған ҳәм ура-ура менен еки жыл Жоқарғы лигада услап турылған. Бас команданың өзине тийисли базасына, резерв ҳәм кадр таярлаўшы мектебине итибар қаратылмаған. Сондай-ақ, клуб анық қаржыландырыў дәреклерине ийе болмаған. Ақыбетинде команда еки жылдың ишинде төменги лигаға қайтадан түсип кеткен.

Демек, буннан кейин жумысларды дурыс жолға қойыў талап етиледи. Биринши гезекте материаллық-техникалық базаны қурыў, кадрлар потенциалын арттырыўға әҳмийет қаратыў керек болады. Президентимиздиң бул усынысын қоллап-қуўатлаған ҳалда «Арал» клубының Про лига жарысларында бурынғысынан өзгеше тәризде қатнасыўына ерисиў мүмкин. Сыр емес, бул лига ойынлары «UzReport» ҳәм «Futbol TV» арқалы алып көрсетилмекте. Бул көплеген қарақалпақстанлы досларымызға жанажан командасының ойынларын бақлап барыў имканиятын береди.

ӨзПФЛ 2021-жылдағы мәўсим ушын 22 клубты лицензиялаўдан өткерди. 2022-жылдағы мәўсимге шекем Про лига қатнасыўшылары санын ҳәм олардың сапасын арттырыў ўазыйпасы турған бир ўақытта «Арал самалы» клубына болған бундай итибар биз ушын үлкен жәрдем болады. Үмит етемиз, 20 жыл алдынғы жасалмалық умытылады ҳәм бул сапары барлығы ФИФА уставларына, спорт принциплерине туўра келетуғын жағдайда жүз береди. Өйткени, Президент атап өткениндей, «Арал» шыны менен қайта қурыўға мүтәж. Про лига арқалы биз клубты басқышпа-басқыш гөзленген мақсетке алып келиўимиз мүмкин. Бул лигада Хорезм, Самарқанд, Ферғана сыяқлы ўәлаятлардың да бас командалары бар екенлиги «Арал» ушын мотивация болып хызмет етиўине исенемиз», - деп жазған Имомхўжаев.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў