Telegram karinform

Экономика

  • 22.10.2020 10:54
  • 1285

Франция ҳәм Италия базарларында Нөкис районында жетистирилген помидорларға талап артып бармақта

Франция ҳәм Италия базарларында Нөкис районында жетистирилген помидорларға талап артып бармақта
Нөкис районындағы «Biogumus Farm» фермер хожалығында 30 гектарлық жерге егилген помидордың арнаўлы сортынан алынған өним тәбийғый шараятта кептирилген ҳалда Франция ҳәм Италияға экспорт етилмекте. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баспасөз хызмети хабар берди.

- Франция мәмлекетинен алып келинген арнаўлы туқымнан айрықша тәрбия бериў жолы арқалы жетистирилетуғын помидорды дузлап, тәбийғый шараятта қуяш нуры астында кептириў көп қәрежет талап етпейди, - дейди фермер хожалығының ис басқарыўшысы Шерзад Ниязымбетов. – Тәбийғый шараятта кептирилген помидор өнимине Франция, Италия базарларында талап артып бармақта. Өткен жылы 36 тонна кептирилген помидор өнимин экспорт еткен болсақ, быйыл өнимди 2 есе көп алдық, экспорты да 72 тоннаға жеткериўди жобаластырып отырмыз.
Франция ҳәм Италия базарларында Нөкис районында жетистирилген помидорларға талап артып бармақта
Март айынан тәбийғый атыз шараятында жумыс баслап, июль-август айларында өнимди терип алатуғын усы фермер хожалығы мәўсим даўамында 180-200 ге шекем тийкарғы бөлеги ҳаял-қызлардан ибарат жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеп келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Нөкис» сыртқы экономикалық хызмет бажыхана посты хызметкерлери «Biogumus» фермер хожалығында болып, 18 тонна салмақтағы кептирилген помидор өнимлерин Франция мәмлекетине экспорт етилиўине әмелий жәрдем берди.

Бажыхана рәсмийлестириўи электрон тәризде, қадағалаў болса усы жердиң өзинде қысқа ўақытта әмелге асырылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында