Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.10.2020 17:31
  • 1498

Өзбекстанда коронавирусқа қарсы вакцинаның клиникалық сынақлары өткерилиўи мүмкин

Өзбекстанда коронавирусқа қарсы вакцинаның клиникалық сынақлары өткерилиўи мүмкин
21-октябрь күни Инновациялық раўажланыў министрлиги коронавирусқа қарсы рекомбинант вакцинаның клиникалық сынақларын Өзбекстанда шөлкемлестириў мәселеси бойынша Қытай Илимлер Академиясы Микробиология институты ҳәм «Anhui Zhifei Longcom Biopharmaceutical» компаниясы ўәкиллери менен сәўбетлесиў өткерди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Усы компания тәрепинен ислеп шығылған ҳәм ҳәзирги ўақытта клиникалық сынақтан өтип атырған вакцина коронавирус тегис антигениниң генетикалық-инженерлик белогы болып, ол аденовирус және инактивлескен вакцина түрлери менен салыстырғанда жоқары дәрежеде қәўипсиз болып табылады. Генетикалық-инженерлик белогы зыянланған организмде оған қарсы антиденелерди ислеп шығарады.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, сөйлесиўлер даўамында өткерилетуғын клиникалық сынақларының барлық басқышлары табыслы жуўмақланған жағдайда, Өзбекстан усы вакцинаны бириншилерден болып ҳәм арзан баҳаларда сатып алыў бойынша үстинликке ийе болыўы атап өтилди.

Инновациялық раўажланыў министрлигиниң қәнигелери қытайлы бирге ислесиўшилер менен емлеў процесин шөлкемлестириў, процесске таярлық көриў мәселелерин додалады. Клиникалық сынақлар 18 ҳәм оннан үлкен жастағы ықтыярлы адамларда өткерилиўи күтилмекте. Сынақ басланыўынан алдын Қытай Халық Республикасы ўәкиллери тәрепинен емлеў шәртлерин түсиндириўге бағдарланған бир неше тренинглер өткериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...