Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.11.2020 13:50
  • 1697

Қазақстанда сырт елли пуқаралардың кирип-шығыўы бойынша шеклеўлер күшейтилди

Қазақстанда сырт елли пуқаралардың кирип-шығыўы бойынша шеклеўлер күшейтилди
Қазақстан Республикасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша мәкемелер аралық комиссия тәрепинен мәмлекетлик шегараны кесип өтиў тәртибин өзгертиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында мәмлекет Бас министриниң баспасөз хызмети хабар берди.

Қарарға муўапық, төмендеги адамлар ушын мәмлекетлик шегараны кесип өтиў тәртибине өзгерислер киргизилди:

- Қазақстан Республикасында турақлы жасаў ушын рухсатнама алған сырт еллилер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары;

- Қазақстан Республикасы пуқараларының шаңарақ ағзалары болған сырт еллилер.

Усы категориядағы адамлар Қазақстан Республикасы мәмлекетлик шегарасын 90 күн ишинде бир мәртеден артық кесип өтиўи мүмкин емес (алдын бул 30 күн еди).

Сондай-ақ, 57 мәмлекет пуқаралары ушын визасыз режимди тоқтатыў 2021-жылдың 1-майына шекем узайтылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет