Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.11.2020 16:15
  • 1401

Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Елликқала районы ҳәкимлигиниң басламасы менен райондағы бир қатар орынларға журналистлер ҳәм блогерлердиң қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди.

Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Пресс-тур даўамында райондағы «Қилчиноқ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 10-санлы ҳәм «Шарқ юлдузи» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)

Район ҳәкими С.Авезов балалар бақшаларының ашылыў салтанатларында шығып сөйлеп, соңғы еки жылдың ишинде районда балаларды бақшаларға қамтып алыў дәрежеси 23% тен 45% ке жеткерилгенлиги, бул бойынша алдағы исленетуғын жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)

Райондағы 10-санлы балалар бақшасы улыўма 60 тәрбияланыўшыға, ал 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болса 120 балаға арналған болып, бул жерлерде балалардың тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)

Сондай-ақ, пресс-тур даўамында райондағы «Гүлдирсин» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халықтың азық-аўқатлық өнимлерге болған талабын қанаатландырыў, арзан ҳәм сапалы өнимлер менен тәмийинлеў мақсетинде «Океан» супер-маркетиниң ашылыў салтанаты болып өтти.
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)

Бостан қаласында халықтың турмыслық техникалар, мебель ҳәм басқа да үй рузыгершилик буйымларына болған талабынан келип шығып, 1 миллиард 600 миллион сумлық кредит қаржылары есабынан район орайында «Ипак йўли» саўда орайы пайдаланыўға тапсырылды.
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)

Бул жерде мектеп ҳәм колледж питкериўшилери болған 16 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленген.
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)
Елликқалада бир күнде 2 бақша ҳәм 2 саўда орайы ашылды (+фото)

Ислам Матеков,
Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў