Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.11.2020 11:53
  • 934

Жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў 16-ноябрьден басланатуғын болды ма?

Жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў 16-ноябрьден басланатуғын болды ма?
Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 12-ноябрьдеги жыйналыс қарарына муўапық, барлық жоқары оқыў орынларында усы жылдың 16-ноябринен жоқары оқыў орны тәрепинен ислеп шығылған илажлар жобасы ҳәм жоба-график тийкарында оқыў процесин дәстүрий тәризде даўам еттириў белгиленди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Яғный, ҳәр бир жоқары оқыў орны дәстүрий оқыўды баслаў бойынша арнаўлы график ислеп шығады ҳәм усы тийкарда дәстүрий оқыўды баслайды. Сонлықтан, студентлер тийисли жоқары оқыў орынларының рәсмий веб-сайтлары ҳәм социаллық тармақлардағы каналларын бақлап барыўы мақсетке муўапық болады.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик комиссияның 7-санлы протоколы қарарына муўапық, оқыўға төлемли контракт тийкарында усыныс етилген абитуриентлер және оқыўын көширген (тиклеген) студентлер ушын контракт төлемлерин төлеў мүддети 1-декабрьге шекем узайтылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте