Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.11.2020 18:14
  • 853

Берунийде «Cobalt» ҳәм «Nexia-3» соқлығысыўы ақыбетинде бир адам қайтыс болды

Берунийде «Cobalt» ҳәм «Nexia-3» соқлығысыўы ақыбетинде бир адам қайтыс болды
Беруний районында түнде жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде бир адам өмирден көз жумды. Бул ҳаққында ҚР ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызмети хабар берди.

Хабарда мәлим етилиўинше, 2020-жылдың 8-ноябрь күни Беруний районы аймағынан өтиўши А-380 жолының 625-километринде қәўипли бурылмада «Nexia-3» басқарыўшысы автомобиль басқарыўын жоғалтып, «Cobalt»тың жолына шығып кеткен ҳәм ЖТҲ жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде «Nexia-3» жанбаслап қалған, «Cobalt» автомашинасы ишиндеги жолаўшы аўыр дене жарақатын алып, ўақыя орнында қайтыс болған.
Берунийде «Cobalt» ҳәм «Nexia-3» соқлығысыўы ақыбетинде бир адам қайтыс болды
Беруний районлық ИИБ ЖҲҚБ баслығы Д.Юлдашевтиң мәлим етиўинше, ҳәдийсениң жүз бериўине 2-категориядағы автомобиль жолының қатнаў бөлегиниң оңланбағаны, жақтыландырыў үскенелериниң жоқ екенлиги, жатық сызықлар өшип кеткени де себеп болған.

Беруний районлық автомобиль жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы баслығы А.Хўжаев 2-категориядағы трассада қәўипли бурылма, жол кесилиспелери бойынша арнаўлы жол белгилериниң орнатылғанлығы, жолдың қурылғанына 50 жылдай ўақыт болғаны, көшеде ҳәр жылы ағымдағы оңлаў жумысларының алып барылыўы, бирақ капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылмағаны, жатық сызықлар сызылғанынан соң алты ай ўақыт өткени ҳәм олар өшип кеткенин билдирген. Ол жолды тегислеў ҳәм жақтыландырыў бойынша илажларды әмелге асырылыўын атап өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,