Telegram karinform

Технология

  • 07.12.2017 20:09
  • 2277

АҚШта 12 жаслы қыз жылдың ең жақсы жас илимпазы деп табылды



Мектеп оқыўшысы Гитанджали Рао суўдағы қорғасынның муғдарын анықлаўдың әпиўайы ҳәм арзан усылын ойлап тапты. Усы ойлап табылыў нәтийжесинде ол 2017-жылы АҚШтың ең жақсы жас илимпазы деп табылды. Бул ҳаққында BBC хабар бермекте.
Бул арқалы оқыўшы қыз 2016-жылы қорғасын менен зәҳәрленген суўдан қыйыншылық көрип атырған Мичиган штаты Флинт қаласының турғынларына жәрдемлеспекши болған. Гитанджалиде бул идея ата-анасының суўды тест таяқшасы менен тексерип көрип атырған ўақтында пайда болған.
- Бул нәтийжели усыл емес еди. Өйткени, суўдың қаншелли таза екенлигин анықлаў ушын тест таяқшасы менен бирнеше мәрте тексерип отырыў керек еди, - дейди оқыўшы.
Жас алымның ойлап тапқан қурылмасы углерод нанотүтикшелеринен исленген. Девайстағы Bluetooth арқалы тест нәтийжелерин смартфон экранынан да көриў мүмкин.
- Дәслепки тәжирийбелерим сәтсиз жуўмақланды. Бирақ, кемшиликлеримнен сабақ шығарып, жумыс алып барыўға ҳәрекет еттим. Сәтсизлик табысқа елтиўши жол екенлигин түсиндим, - дейди жас илимпаз.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны