Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.11.2020 13:12
  • 1300

Нөкисли пуқараға «UzAuto Motors»тың акциясында қайтарып берилиўи керек болған 5 миллион сумнан зыят пуллары берилмеди

Нөкисли пуқараға «UzAuto Motors»тың акциясында қайтарып берилиўи керек болған 5 миллион сумнан зыят пуллары берилмеди
Нөкисли пуқара «UzAuto Motors» АЖ тәрепинен жәрияланған акция шеңберинде «Auto-Centre-Qoraqalpoq» ЖШЖдан 95 768 000 сумға шәртнама тийкарында «Cobalt» автомобилин сатып алған. Жәрияланған акция шеңберинде, автомобильди сентябрь айында сатып алғаны ушын пуқараға 5 100 000 сум қайтарып берилиўи керек еди.

Тилекке қарсы, автомобильди сатып алғанына еки ай ўақыт өтиўине қарамастан жәмийет тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбастан, қарыйдарға акция пулы қайтарып берилмеген.

Пуқара усы жылдың 4-ноябрь күни ҚР Монополияға қарсы гүресиў комитетине мүрәжат еткен.

Комитет баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, комитет тәрепинен «Auto-Centre-Qoraqalpoq» ЖШЖға тутыныўшының мүрәжаты бойынша тийисли сораў хатлары жиберилип, Өзбекстан Республикасы «Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамының мазмуны түсиндирилди.

Комитет тәрепинен нызам шеңберинде әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде тутыныўшының ҳуқықы тикленип, жәмийет тәрепинен 5 100 000 сум акция пулы тутыныўшының пластик картасына қайта есаланып, қайтарып берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған