Telegram karinform

Экономика

  • 13.01.2021 15:06
  • 1304

Қарақалпақстанда 8,1 миллиард сум жергиликли бюджет қаржылары тийкарсыз сарпланған

Қарақалпақстанда 8,1 миллиард сум жергиликли бюджет қаржылары тийкарсыз сарпланған
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў департаменти ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен 2020-жылы бюджет қаржыларының мақсетли сарпланыўы бойынша әмелге асырылған қадағалаў жумыслары ҳаққында мағлыўматлары жәрияланды.

Жергиликли бюджетлер қаржыларының мақсетли сарпланыўы бойынша өткерилген қадағалаў илажларында Өзбекстан бойлап улыўма 175,3 миллиард сум муғдарында кемис сумма ҳәм нызамбузыўшылық жағдайлары анықланған. Бюджет пулларын ең көп тийкарсыз ҳәм кемшиликлер менен сарплаған ҳәкимликлер арасында Қашқадәрья жетекши болған (26,1 миллиард сум).

Мағлыўматта көрсетилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында 8,1 миллиард сумлық нызамбузыўшылық жағдайлары ҳәм кемшиликлер анықланған.

Хабарда жазылыўынша, 2020-жылы Өзбекстан бойынша бюджет мәкемелеринде өткерилген қадағалаў илажларында 54,5 миллиард сум муғдарында нақ пул қаржыларын өзлестириў (банктен алынған нақ пулды шөлкемниң ғазнасына кирис етпеў, жумыс ислемеген адамларға мийнет ҳақы есапланып, төлениўи ҳәм басқалар) жағдайлары анықланып, бул нызамбузыўшылық жағдайлары өткен жылға салыстырғанда (2019-жылы бул көрсеткиш 7,2 миллиард сумды қураған) 7,5 есеге көбейген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы