Telegram karinform

Мәденият

  • 25.01.2021 18:55
  • 1304

Быйыл II Халықаралық бақсышылық фестивалы Қарақалпақстанда өткериледи

Быйыл II Халықаралық бақсышылық фестивалы Қарақалпақстанда өткериледи
II Халықаралық бақсышылық фестивалы быйылғы жыл апрель айының үшинши он күнлигинде Қарақалпақстанда өткерилиўи жобаластырылмақта. Бул ҳаққында ҚР Мәденият министри Қалбай Турдиевке тийкарланып ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

II Халықаралық бақсышылық фестивалының ашылыў салтанаты Нөкис қаласында басланып, жуўмақлаўшы бөлими Мойнақта болып өтеди.

ҚР Мәденият министри Қалбай Турдиевтиң атап өтиўинше, бақсышылық фестивалы өтип атырған ўақытта Әмиўдәрья районы аймағында жайласқан Шылпық қорғаны әтирапында Балалар фольклор ҳәм Тахтакөпир районында «Қаратерең ырғақлары» атамасындағы жаслар фестивалы да өткериледи.

Ҳәзирги жоба бойынша Нөкис қаласындағы орайлық атшабар майданында барлық ўәлаятлардың павильонлары шөлкемлестириледи. Аймақлардың миллий үрп-әдетлери, бақсышылық өнери усы жерде бой тиклеген сахналарда көрсетиледи.

Мойнақта жуўмақлаўшы бөлимге арналған галаконцерт өткерилиўи ҳәм район орайында қараүйлер қурылып, жанып турған от әтирапында бақсы-жыраўлар қатнасыўында концертлер шөлкемлестирилиўи жобаластырылған. Сырт еллерден келген туристлер Мойнақта бир күн қалып, районның туристлик орынларына сапар етиўи мүмкин.

Еслетип өтемиз, I Халықаралық бақсышылық фестивалы 2019-жылы 4-10-апрель күнлери ЮНЕСКО менен биргеликте Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында өткерилген еди. Оған 20 мәмлекеттен 57 қатнасыўшы, халықаралық шөлкемлер, сондай-ақ, Аўғанстан, Түркия, Тәжикстан ҳәм Кувейт және басқа мәмлекетлерден ҳүрметли мийманлар қатнасқан еди.

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...