Telegram karinform

Мәденият

  • 26.01.2021 17:16
  • 1274

28-январьдан концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи

28-январьдан концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, Өзбекстанда 28-январьдан концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи.

Атап өтилиўинше, соңғы ўақытларда келип түскен көплеген мәденият тараўы ўәкиллериниң мүрәжатларын есапқа ала отырып, сондай-ақ, халықтың мәдений дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде концерт-тамаша илажларын 2021-жылдың 28-январынан баслап санитариялық-эпидемиологиялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестириўге рухсат берилди.

Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында концерт ҳәм тамаша илажларын өткериў бойынша төмендеги талаплар белгиленди:

- концерт сарайларының тамашагөй сыйымлылығын есапқа алған ҳалда тамашагөйлер санын 50 проценттен арттырмаған ҳалда шөлкемлестириў;

- концерт сарайларының тамашагөйлер ушын арналған орынлардан аралықты сақлаған ҳалда пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм бул бойынша аралықты сақлаў ушын талап етилетуғын орынларды консервациялаў;

- концерт сарайларына баратуғын тамашагөй және хызмет көрсетиўши хызметкерлер қатаң түрде нықапта болыўы.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...