Telegram karinform

Экономика

  • 27.01.2021 15:31
  • 1216

1-февральдан баслап бензинниң баҳасы көтерилиўи күтилмекте

1-февральдан баслап бензинниң баҳасы көтерилиўи күтилмекте
Өзбекстан миллий валютасында белгиленген айрым акциз салығы ставкалары усы жылдың 1-февраль күнинен баслап көтерилиўи мәлим етилди, деп хабар бермекте «Kun.uz».

Атап айтқанда, айрым нефть өнимлериниң көтерилген салық ставкалары төмендегише болады:

- 1 тонна Аи-80 бензини 240 мың сум (2021-жыл 1-январьдан 200 мың сум еди);
- 1 тонна Аи-92, Аи-93 ҳәм Аи-95 бензини 275 мың сум (2021-жыл 1-февральға шекем 250 мың сум);
- 1 тонна дизель жанармайы 240 мың сум (40 мың сумға қымбатлайды).

Пандемия себепли миллий валютада белгиленген айрым акциз салығы ставкалары 2020-жылдың апрель-май айларында көтерилмегенлиги себепли 2021-жылдың февралынан баслап көтерилиўи күтилген еди.

Жоқарыдағы өзгерислер республикада ғалабалық түрде пайдаланылатуғын Аи-80 бензини мысалында 1 тоннасы 127 050 сумға (ҚҚСти есапқа алғанда 146 108 сумға) ямаса 1 литри 95 сумға (ҚҚСти есапқа алғанда 110 сумға) көтерилиўи мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...