Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.02.2021 12:55
  • 1206

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди!
«Өзгидрометеорология» хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда, 2021-жылдың 23-27-февраль күнлери аралығында ҳаўа райы түнде 17-22 градусқа шекем төменлеп, 23-25-февраль күнлери 20-22 метр/секунд тезликте күшли самал есиўи күтилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы пуқараларды:

- қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў;
- қуўраған тереклер, беккемленбеген ҳәр түрли конструкциялар қасында ҳәрекетленгенде абайлы болыў;
- илажы болғанынша бундай орынларда автомобильлерди қалдырмаў;
- жылытыў қазанханаларының (котёл) ҳәдден тыс қызып кетиўине жол қоймаў;
- газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў арқалы өз өмири, денсаўлығы ҳәм мүлклериниң қәўипсизлигине итибарсыз болмаўға шақырады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда