Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.02.2021 13:46
  • 984

Жынаят кодексиниң жаңа редакциясында жаңадан қандай жынайый жуўапкершилик түрлери белгиленбекте?

Жынаят кодексиниң жаңа редакциясында жаңадан қандай жынайый жуўапкершилик түрлери белгиленбекте?
ӨзР Жынаят кодексиниң жаңа редакциясы улыўма халықлық додалаўға қойылды.

Жаңа редакция тийкарында төмендегилер ушын жынайый жуўапкершилик нормалары белгиленбекте:

- Адамда нызамға қайшы түрде тәжирийбе өткериў;
- Нызамға қайшы түрде психиатриялық мәкемеге орналастырыў;
- Өзбасымшалық пенен жазалаў;
- Митинглер, жыйналыслар ямаса демонстрациялар шөлкемлестириў, өткериўге ямаса оларда қатнасыўға нызамға қайшы түрде қарсылық етиў;
- шантаж;
- инсайдерлик мағлыўматлар бойынша нызамға қайшы ҳәрекетлерди әмелге асырыў;
- мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкем ямаса басқа мәмлекетлик емес шөлкем лаўазымлы адамының лаўазымлық тәрептен жалғанлығы;
- ата ямаса ананың өз перзентин сатыўы;
- журналисттиң нызамлы жумысларына тосқынлық етиў.

Сондай-ақ, кодекстиң додалаўға қойылған жаңа редакциясына муўапық, мәмлекетлик хызметкердиң дәрамат ҳәм мүлк декларациясында нәзерде тутылғанынан артық пул қаржылары ямаса мүлкке нызамға қайшы түрде ийе болыўы яки сондай мүлкти арттырыўы көп муғдарда әмелге асырылған болса, базалық есаплаў муғдарының 100 есесинен 200 есесине шекемги жәрийма ямаса 3 жылға шекем мийнет ҳақысынан услап қалыў менен жазаланады.

Соның менен бирге, Жынаят кодексиниң жаңа редакциясына «коррупциялық жынаят» түсиниги киргизилмекте ҳәм усы тараўдағы жуўапкершилик күшейтилмекте.

Атап айтқанда, коррупциялық жынаятлар ушын жуўапкершиликке тартыў мүддетин 1,5 есеге көбейтиў ҳәм материаллық пайдадан тысқары, материаллық емес пайданы да пара деп есаплаў сыяқлы нормаларды киргизиў усыныс етилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...