Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.03.2021 19:02
  • 1711

Карантин илажлары қайтадан күшейтилиўи ҳаққындағы гәп-сөзлерге анықлық киргизилди

Карантин илажлары қайтадан күшейтилиўи ҳаққындағы гәп-сөзлерге анықлық киргизилди
Ташкент қаласындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде өткерилген баспасөз конференциясында Ташкент қалалық денсаўлықты сақлаў бас басқармасының баслығы Анвар Алимов карантин илажларының күшейтилиўи менен байланыслы болған гәп-сөзлерге анықлық киргизди.

- Январь айынан берли коронавирусқа алынған тест нәтийжелерин анализлеп қарасақ, 0,1 процент жағдайда кеселлик анықланбақта. Олардың көпшилиги симптомсыз көринисте болғаны ушын үй шараятында емленбекте.

16-март күни өткерилген халық депутатлары қалалық кеңесиниң жыйналысында қабыл етилген қарарда бирде-бир жаңа, күшейтиў бойынша бәнт жоқ.

Бүгин тек ғана әмелдеги талаплар үстинен қадағалаўды күшейтиў мәселеси көрилмекте. Талап етилип атырған ең тийкарғы үш нәрсе – нықап тағыў, қолларды жуўыў, социаллық аралықты сақлаў, - деп айтып өткен Алимов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда