Telegram karinform

Мәденият

  • 19.03.2021 10:42
  • 1666

Нөкис қаласында Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери қашан ҳәм қай жерлерде өткериледи?

Нөкис қаласында Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери қашан ҳәм қай жерлерде өткериледи?
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинен «Karinform.uz» сайтына мәлим етилиўинше, пайтахтымыз Нөкис қаласында Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен халық сейиллери усы жылдың 20-март күни еки жерде – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында ҳәм Жаслар орайы имараты алдында болып өтеди.
Нөкис қаласында Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери қашан ҳәм қай жерлерде өткериледи?
Байрам сейиллери республикалық арнаўлы комиссияның Наўрыз байрамын өткериў бойынша жәриялаған қарары талаплары тийкарында коронавирус пандемиясын есапқа алған ҳалда санитариялық-эпидемиологиялық тәртип-қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда өткериледи.

Бизге мәлим болыўынша, байрам сейилиниң концерт бағдарламаларына фольклор топарлары, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлери, шаңарақлық ансамбльлер, цирк артистлери, бақсылар, профессионал атқарыўшылар ҳәм талантлы эстрада қосықшылары қамтып алынған. Пандемия шараятынан келип шығып балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары концерт бағдарламасында қатнаспайды.

Байрам концерти еки саат даўам етиўи жобаластырылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...