
Жынаят кодексине киргизилген қосымшаға муўапық, президентти телекоммуникациялық тармақлар ямаса интернеттен пайдаланған ҳалда ақыретлеў яки оған дөҳмет етиў 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары ямаса 2 жылдан 5 жылға шекемги азатлықты шеклеў яки болмаса 5 жылға шекемги еркинен айырыў менен жазаланады. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Буннан алдын президентти халық алдында ақыретлеў ямаса оған дөҳмет етиў, сондай-ақ, усы жынаятты баспасөз ямаса басқа ҒХҚдан пайдаланған ҳалда әмелге асырыў ушын жуўапкершилик белгиленген еди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz